Қарақалпақ журналистиниң блогине хош келипсиз!

Интернет Интернет тармағына араласқанлы берли изленисте болып киятырман. Түрли сайтлар менен компаниялардың усыныс еткен мүмкиншиликлеринен пайдаланып блоглер аштым. Ондағы тийкарғы мақсет интернетте қарақалпақ тилиндеги мағлыўматларды көбейтиў. Өз ана тилимизди Интернет тармағында да раўажландырыў.

 

Бизиң республикамызда бул тармаққа үлкен әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетлик программалар ислеп шығылған. Мектеплер, колледжлер ҳәм жоқары оқыў орынлары бүгинги күнге келип толық компьютерлестирилип болды. Олардың көпшилиги интернет тармағына жалғанған. Бизиң республикамызда, рәсмий мағлыўматлар бойынша айтатуғын болсақ, ҳәзирдиң өзинде 2,5 миллионнан аслам интернет тармағынан пайдаланыўшылар бар.

 

Бирақ ҳәзирше жасларымыз блоглар ашыўға онша қызықпай атыр. Дурыс, олардың айырымлары қай жердендур есаптан өтип өзиниң жеке мағлыўматларын қалдырып атыр. Лекин күнделик жазыў, анаў яки мынаў мәселеде мүнәсибет билдириў дәрежесине жетисе қойған жоқ. Айырым, өзлериниң веб-блоглерине ийе жасларды бармақ пенен санап шығыўға болады. Мен оларды шын жүректен қутлықлайман ҳәм өзимниң оларды толық қоллап қуўатлайтуғынымды айтпақшыман.

 

Соңғы ўакытлары айырым жергиликли баспасөзлерде компьютер ҳәм интернеттиң зыяны, олардың жаслардың санасына тәсири туўралы ҳәр қыйлы мағлыўматлар тарқатылмақта. Бундай былшылды гәплерге онша қулақ аса бермеў керек. Егер, ырасын айтатуғын болсақ,  сол мақалаларды жазып отырғанлардың өзлери интернетке бир мәртебе де кирип көрмегенин билемен. Олардың қулағына қайсы бир узақты көре алмайтуғын ҳәмелдар бир нәрсе деп сыбырласа болғаны…  маған тап усылай деди-аў, деп исти қайыллатады. Бул, бүгинги, бизде енди ғана аяққа турып киятырған интернет тармағын ақсатады ҳәм оның раўажланыўын кешиктиреди. Бир гәп пенен айтқанда, бул енди туўылған баланы жөргегинде қылқындырғандай бир гәп. Оны өлтириў қыйын, әлбетте. Олар бул мақсетине ҳеш қашан ерисе алмайды. Оның үстине бизде бул тармақты раўажландырыў бойынша Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарлары бар. Демек оны саррас турмысқа енгизиўимиз керек.

 

Келиң, бирге ислесейик. Интернет тармағында қарақалпақ тилиндеги блоглерди көбейтейик. Олар бир күн келип ҳақыйқый ғалаба хабар қуралларына айланады. Бизде ол ушын барлық ҳуқықый тийкарлар дүзилген.

 

Бизге бүгинги күни блоглер не ушын керек? Биз, биринши гезекте, демократияны үйрениўимиз тийис. Ол ушын ҳәр бир инсан өз ҳуқықларын жақсы билмеги дәркар. Бизге Конститутция қәлеген мағлыўматты топлаў ҳәм тарқатыў ҳуқықын береди. (Әлбетте, мәмлекетлик сыр ҳәм нызамда белгилеп қойылғанларынан басқасы). Демек, не ушын биз өзимиздиң әтрапымызда жүз берип атырған күнделикли ўақыялар туўралы күнделиклеримизде жазбаўымыз керек екен? Қашанға шекем кеўил кеширмелеримизди жүрегимизде сыр сақлаймыз? Бизиң бастан кеширгенлеримиз, көрген билгенимиз, жиберген қәте-кемшиликлеримиз кимгедур сабақ болыўы мүмкин. Және биреўлер оны оқып өзин қызықтырған сораўларға жуўап табар, бәлким…

 

Қулласы, әне усындай гәплер. Усы күнге шекем мен өзимниң жазғанларымды анаў яки мынаў тармақтағы блоглеримде жәриялап келдим. Бирақ еле олардың айырымларынан басқасын ҳеш кимге билдиргеним жоқ. Олар бар жоғы жеке қызығыўшылықтың жемиси болғаннан кейин оған зәрүрликте болмады. Лекин, ойлап көрсем мен жасларымызға блоглер ашың деп усыныс етип болып, оларға қандай орынларда (сайтларда) усындай мүмкиншиликлер бар екенин айтпасам қалай болғаны деген шешимге келдим.

 

Күнделик жазыў ушын ЖЖ  деп аталыўшы-Живой журнал қолайлы. Онда бизиң  http://kkreporter.livejournal.com   деп аталыўшы бир блогимиз бар. Кирип көриң. Сизлерде сол жерде өзлериңизге блог ашыўыңыз мүмкин.

 

Ал,   Блог.ру ға кирсеңиз жүдә әпиўайы система. Онда бизиң  http://kkreporter.blog.ru  деген адресте және бир блогимиз бар. Сонда-ақ  WordPress.com ның хызметинен пайдалансаңызда болады. Ол жердеги жағдайлар менен танысыў ушын мына ссылкаға бассаңыз  https://kkreporter.wordpress.com  ҳәмме нәрсе өз өзинен түсиникли болады. Ең әпиўаысы  Blogspotcom  берип атырған мүмкиншиликлер. Ол жерде бизиң http://kkreporter.blogspot.com   ҳәм  http://btileumuratov.blogspot.com  деген ссылкаларда (силтемелерде) блогларымыз бар. Кирип көриң, үйрениң ҳәм блоглер жаратып, күнделиклер жазың. Кимде ким түсинбесе, жәрдем керек болса бизиң  kkreporter@mail.ru  деп аталыўшы электрон почтамызға хат жазыўына болады. Қолдан келгенинше жәрдем бериўге ҳәрекет етемиз. Қудайға шүкир, мениң жәрдемшилерим де көбейип атыр. Керек болса олар менен де байланыстыраман.

Ҳүрметли оқыўшым!

001Мине биз бүгин сиз бенен ( Блог на WordPress.com.) интернеттиң жаңа бир тармағында ушырасып отырмыз. Жаңа блогимизди ашыўдан мақсет досларымыз бенен кеўлимизде жүрген гәплер менен ортақласыў. Анығырағы, күнделик гәплерди хатқа (эл.варианты нәзерде тутылмақта-автор) түсириўден ибарат.

Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары турмысымызда көп өзгерислер болып атыр. Жаңалықлар көп. Әсиресе, өзим ислеп атырған «Еркин Қарақалпақстан» газетасында бир қанша өзгерис ҳәм есте қаларлық ўақыялар жүз берди. Газетамыздың юбилейин өткердик. Газетамыздың веб-сайты кирилде ашылатуғын болды. Адреси:(http://www.erkinkk.kr.uz) кирип көриўиңиз мүмкин. Алдағы ўақытлары Қарақалпақстандағы ең белгили сайтлардың бирине айланыўынан үмитимиз бар.

Дурыс, бизиң UZ доменинде де блогимиз бар. Адреси: (http://www.kkreporter.uz ). Оны биз келешекте ҒХҚ (СМИ) на айландырыў нийетимиз бар. Ҳәзирше тест сынақларын өткермектемиз. Сол ушын бизге досларымызға күнделикли пикирлеримизди тез ҳәм ықшам етип жеткерип туратуғын орын керек болды. Бунда бизге усы WordPress.com. ның жәрдеми тийип отыр. Бул жүдә блоггерлер ушын қолай орын екен. Мениң ойымша, алдағы ўақытлары қарақалпақстанлы жас журналистлерде бул қолайлылықлардан кеңнен пайдаланса керек. Ол ушын мен қолдан келгенинше оларға жәрдем бериўге таярман. Қызығыўшылар болса бизиң электрон почтамызға (kkreporter@mail.ru ) хат жазып, биз бенен байланысыўына болады.

Жақында белгили журналист Шарап Уснатдиновтың қарақалпақ тилинде «Журналистикаға кирисиў» атлы китабы баспадан шықты. Усы күнге шекем бизиң жас журналистлеримиздиң қолында бундай китап болмаған еди. Китап сондай бир түсиникли етип жазылған, оннан тармақ бойынша қәлеген адам өзине керекли сораўларға жуўап таба алады. Бул ушын биз устазымызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз.

Алдағы ўақытлары биз, әлбетте, автордың рухсаты менен, усы китапқа тийкарланып веб-сайт, блоглар туўралы материаллар таярламақшымыз. Сондай-ақ, республикамыз баспасөзиндеги жаңалықлар туўралы өз пикирлеримиз, көзқарасларымыз бойыншада ортақласыў нийетимиз жоқ емес.

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы ири кәрханалар, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының веб-сайтлары туўралыда кеўлимизге түйгенлеримиз бар. Ал студентлер менен оқыўшылардың компьютер ҳәм интернет тармағынан пайдаланыўы бойынша алып барып атырған журналистлик изертлеўлеримизден кейинги ойларымыз бенен ортақласпақшы болып жүргенимизге көп болды.

Газетада жәрияланған ҳәм жәрияланбай қалып атырған мақалаларымды да сизиң дыққатыңызға усыныў жобаластырып отырман. Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары айырым себеплерге байланыслы жазған базы бир мақалаларым жарық көрмей қалып кетип атыр. Ол туўралы дослар менен ортақласыў, пикир алысыў өзим ушын зыян болмаса керек. Кимдур пикир айтар, кеңес берер…

Облако меток